Мақала
«Uz-Kor Gas Chemical»дың
саўаплы иси
Елимиз жер асты байлықларына оғада бай. Ғәрезсизлик жылларында бул байлықлар ҳәр тәреплеме изертленип, халқымыздың ийгилиги ушын жумсалмақта.
Усындай тек республикамызда ғана емес, ал, Орайлық Азиядағы ири газхимия комплексин, яғный, «Uz-Kor Gas Chemical» Өзбекистан-Корея қоспа кәрханасы Үстирт Газхимия комплексин атап өтсек арзыйды.
2006-жылдың 29-мартында «Өзбекнефтегаз» миллий холдинг компаниясы ҳәм «KOGAS» Корея Газ Корпорациясы арасындағы меморандумға қол қойылған еди. Ал, 2008-жылдың февраль айында еки тәреплеме шерикликти раўажландырыў шеңберинде Өзбекистан ҳәм Корея Республикалары «Өзбекнефтегаз» миллий холдинг компаниясы ҳәм Корея кәрханалары консорциумы ортасында тең ҳуқықлылық тийкарында жуўапкершилиги шекленген жәмийет типиндеги «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасы шөлкемлестирилди.
Қоспа кәрхананың алдына қойған мақсети — углеводородлардың түрли компонентлерин максимал дәрежеде алыў ушын углеводород шийки зат өнимин тереңнен қайта ислеўши санаат тараўын пайда етиў, полиэтилен ҳәм полипропиленниң белгили бир түрлерин, товар газин, экспортқа мөлшерленген ҳәм импорт орнын басыўшы полимер өнимлерин ислеп шығарыў арқалы Өзбекистан Республикасында газ-химия тараўын раўажландырыўға ерисиў есапланады.
Әзелден бизиң ата-бабаларымыз ерте заманларда аўыр мийнетти басынан кеширсе де қайыр-сақаўатлылықтан қол үзбеген. «Uz-Kor Gas Chemical» Өзбекистан-Корея қоспа кәрханасы Үстирт Газхимия комплекси мийнет жәмәәти де усындай сақаўатлық ислерди әмелге асырып, мүтәжлерге өзлериниң жәрдем қолларын созып келмекте.
Жақында бул кәрхана Шымбай районындағы «Мүриўбет» майыплар ушын ерлер интернат үйине 12 миллион 500 мың сумлық муғдарда материаллық жәрдемлерин көрсетти. Шымбай «Мүриўбет» майыплар ушын ерлер интернатында бүгинги күнде 178 өзгелер жәрдемине мүтәж 18 жастан жоқары майыплар бағылмақта. Мүриўбет үйи тийкарынан 210 орынға мөлшерленген болып, жатақхана, аўқатланыў орны ҳәм физиотерапиялық емлениў орынларынан ибарат.
— Мүриўбет үйиндегилер керекли протез-ортопедиялық буйымлар менен тәмийинленген. Оларға түрли қолайлылықлар жаратылып, ҳәптениң шемби күнлери районлық мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламалары қойып бериледи. Бул жердеги наўқаслар жылына еки мәрте районлық орайласқан медицина бирлеспесиниң тәжирийбели шыпакерлери тәрепинен тексериўден өткерилип, ҳәр қыйлы медициналық хызметлер көрсетип келмекте, буннан тысқары көплеп мәкеме-кәрханалар қәўендерлик жәрдемлерин көрсетпекте,-дейди Мүриўбет үйи директоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Ы.Ешбаев.
Шымбай Мүриўбет майыплар ушын ерлер интернатына «Uz-Kor Gas Chemical» Өзбекистан-Корея қоспа кәрханасы Үстирт Газхимия комплекси жәмәәти тәрепинен алып келинген материаллық жәрдемлерин тапсырыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў министрлиги социаллық бөлиминиң баслығы А.Ерманов, қоспа кәрхананың Нөкис қаласындағы исенимли ўәкили С.Аннақлычев ҳәм социаллық мәселелер бойынша қәнигеси Г.Камаловалар шығып сөйледи.
Мийнетке жарамсыз, өзгелер жәрдемине мүтәж адамларға усындай қайыр-сақаўатлылық жәрдемлерин берип атырғанлардың саны көбейе бериўин, кеўли жақсылыққа толы, жәрдемге мүтәж заманласларымызға қол-қанат болыў ҳәр биримиздиң парызлы исимизге айланыўын тилеймиз. Себеби, Президентимиздиң «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деп атап өткенинде де үлкен мәни бар.
Р.АРЗИЕВ,
арнаўлы
хабаршымыз.