Мақалалар
ХОШ ХАБАРСОҚПАҚЛАР ГҮЗАРҒА АЙЛАНСЫН ЯМАСА ЖЕРЛЕСИМИЗДИҢ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ТУРНИРДЕГИ ҚОС ТАБЫСЫ Елимизде спортты ҳәм дене тәрбиясын раўажландырыўға болған күшли дыққат-итибардың нәтийжесинде жас спортшыларымыз жәҳән ареналарында, халықаралық турнирлерде мәмлекетимиз байрағын бәлент желбиретип келмекте. Қуўанарлысы, олардың қатары күн сайын көбейип атыр.
Усы жылдың 19-20-май сәнелеринде Қазақстан Республикасының Алматы қаласында жас өспиримлер арасында жеңил атлетика бойынша дәстүрий халықаралық турнир болып өткен еди. Турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз, Нөкис спорт колледжиниң 2-курс оқыўшысы Зухра Шагилова 800 метрге ҳәм 4х400 метр аралыққа эстафета беллесиўлеринде барлық қарсыласларынан басым келип, бәйги сызығын биринши болып кесип өтти. Dawamı... Добавить комментарий
|
|
|